Еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

2023-жыл июнь айында Рим қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўларда ерисилген келисимлер избе-из әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Кейинги жыллары товар алмасыў көлеми, соның ишинде, жеткерип берилип атырған өнимлердиң түриниң кеңейиўи есабынан дерлик 3 есеге артты.

Қоспа кәрхана ҳәм жойбарлардың саны 2 есеге көбейди. Италияның жетекши компаниялары менен металлургия, электротехника, аўыл хожалығы, шарўашылық, туризм ҳәм басқа да тараўларда өз-ара пайдалы кооперация жолға қойылған.

Өзбекстан делегациясы Венециядағы биенналеда белсене қатнасты, Флоренцияда көргизбе өткерилди. Өткен жылы декабрь айында Рим ҳәм Виарежо қалаларында Өзбекстан мәденияты күнлери болып өтти.

Мәмлекетимизде Турин ҳәм Пиза университетлериниң филиаллары табыслы жумыс алып бармақта. Апрель айында ректорлардың екинши форумы нәтийжели өтти.

Тәреплер жедел сиясий алмасыўды даўам еттириўди қоллап-қуўатлады.

Усы жылы апрель айында Самарқандта өткен нәтийжели саммитти есапқа алған ҳалда Европа Аўқамының институтлары менен жедел бирге ислесиў даўам еттириледи. Әмелий нәтийжелерге итибар қаратқан ҳалда "Орайлық Азия - Италия" саммитин өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Саўда тараўында бизнеске техникалық жәрдем бағдарламаларын кеңейтиўге келисип алынды. Европа Аўқамы базарына шығыў ушын өзбекстанлы экспортёрларды оқытыў, Ташкентте биргеликтеги Сертификациялаў орайын шөлкемлестириў, Муўапықлықты баҳалаў ҳаққындағы келисимди қабыл етиўди жеделлестириў солардың қатарына киреди.

Мәмлекетимиз басшысы Италияның жетекши компаниялары менен Технологиялық шериклик бағдарламасын иске қосыўды усыныс етти.

Жеке меншик исбилерменликтиң инновациялық жойбарлары, оғада әҳмийетли минераллар ҳәм аўыл хожалығы шийки затын терең қайта ислеў, автомобиль қурылысы ушын комплектлеўши бөлеклер, электротехника, энергетика, азық-аўқат, фармацевтика, қурылыс санаатында жоқары технологиялық өнимлер ислеп шығарыў, тоқымашылық, былғары, мебель қурылысы ҳәм басқа да тармақлар ушын дизайн орайларын шөлкемлестириў тийкарғы бағдарлар сыпатында атап өтилди.

Бундай жойбарлар Европа операторы басқарыўында Ташкент ўәлаятында шөлкемлестирилетуғын санаат паркине жайластырылыўы мүмкин.

Жойбарларды қоллап-қуўатлаўдың жаңа механизмлерин иске қосыў ушын биргеликтеги инвестициялық фондты шөлкемлестириў, сондай-ақ, Италияның "SACE" ҳәм "SIMEST" мәмлекетлик агентликлерин тартыў мәселеси көрип шығылады.

Комплекс "жол картасы" тийкарында аўыл хожалығында кең көлемли илимий-технологиялық бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Жүзим, зайтун, шафран, сәрсабыл жетистириў, агролабораториялар шөлкемлестириў, биотехнологияларды раўажландырыў ҳәм агросуғараны енгизиў бойынша кооперация перспективалары атап өтилди.

Жаңа жойбарларды алға қойыў мақсетинде Ҳүкиметлераралық топар жумысын қайта тиклеў ҳәм оның мәжилисин бизнес форум менен бирге өткериўге келисип алынды.

Өзбекстан ҳәм Италия аймақлары арасындағы шериклик қатнасықларын кеңейтиў шеңберинде Ломбардия губернаторы Аттилио Фонтананиң сапары ҳәм биринши Аймақлар форумы шеңберинде әмелий нәтийжелерге ерисиў әҳмийетли екени атап өтилди.

Билимлендириў тараўында мәмлекетимизде Тушия университетиниң филиалын, Пиза, Тренто, Рома Тре ҳәм Ка-Фоскари университетлери менен еки тәреплеме диплом бағдарламаларын иске қосыў режелери қоллап-қуўатланды.

Өзбекстанда Италия мәденияты күнлерин өткериўге келисип алынды.

Сапар етиў шеңберинде мийнет миграциясы тараўында системалы бирге ислесиўди жолға қойыўға қаратылған келисимге қол қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша комплексли "жол картасы"н таярлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.