Өзбекстан Жиззақ ўәлаятында киши қуўатлылықтағы атом электр станциясын қурыў жойбарына Франция компанияларын тартпақшы. Бул ҳаққында Францияның «Le Figaro» газетасы хабар бермекте.
"Биз Францияның Assystem (техникалық шерик), Bureau Veritas (оқытыў мәселелери бойынша) ҳәм Framatome (электр станцияларын техникалық басқарыў бойынша) сыяқлы бир қанша компаниялары менен сөйлесиўлер алып бармақтамыз", - деген "Ўзатом" басшысы Азим Ахмедхўжаев «Le Figaro» газетасына берген интервьюинде.
Оның сөзлерине бола, Өзбекстан ядро энергетикасында тек ғана технологиялық емес, ал финанслық себеплерге бола да бирге ислесиўди диверсификациялаўды режелестирмекте.
"Франция - ең алдынғы технологияларды усыныс ете алатуғын мәмлекет", - деп қосымша етти Ахмедхўжаев.
Мағлыўмат ушын, "Ўзатом" Assystem филиалы болған Францияның Assystem Engineering and Operation Services компаниясы арасындағы шәртнама 2024-жыл декабрь айында қол қойылған еди.
Усы жылдың февраль айында болса Азим Ахмедхўжаев биринши мәрте ҳәр қыйлы сырт ел структураларын тартқан ҳалда киши атом электр станциясын қурыў ушын "халықаралық консорциум" дүзиў режелери ҳаққында мәлим еткен еди.