Өзбекстан ҳәм Венгрия АЭС қурылысы жойбары шеңберинде протоколға қол қойды

    Бул келисим регионаллық көлемде атом энергетикасы тараўында көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў жолындағы әҳмийетли қәдем сыпатында баҳаланбақта.

    Өзбекстан ҳәм Венгрия АЭС қурылысы жойбары шеңберинде протоколға қол қойды.

    Бул ҳаққында "Ўзатом" агентлиги хабар берди.

    Венгрия делегациясының Өзбекстанға әмелий сапары шеңберинде "Ўзатом" агентлиги, Венгрия Сыртқы ислер ҳәм саўда министрлиги және MVM EGI Zrt. компаниясы арасында АЭС қурылысы жойбарында бирге ислесиўдиң бир қатар әҳмийетли бағдарлары бойынша ерисилген келисимлерди атап өтетуғын протоколға қол қойылды.

    "Ҳүжжет, соның ишинде, механикалық тартыў күшине тийкарланған қурғақ суўытыў системаларын қолланыў, үскенелерди жеткерип бериў бойынша техникалық-коммерциялық усынысларды таярлаў, Өзбекстан аймағында қурғақ суўытыў системаларын ири узелли жыйнаўды шөлкемлестириў бойынша қоспа кәрхана шөлкемлестириў жумысларын баслаў, сондай-ақ, Венгрия тәрепинен билимлендириў бағдарламалары ҳәм стажировкаларды ислеп шығыўды нәзерде тутады", - делинеди хабарда.

    Атап өтилиўинше, протоколға қол қойылыўы регионаллық дәрежеде атом энергетикасы тараўындағы көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў жолындағы әҳмийетли қәдем болды.