Өзбекстан мектеплеринде оқыў 2-сентябрьден басланады

    Мектеплердеги оқыў процесиниң биринши сабақ саатларында "Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!" сүрени астында "Келешек сааты" сабақлары өткериледи.

    Республика бойлап барлық улыўма билим бериў мектеплеринде жаңа - 2025/2026-оқыў жылы сабақ процесслери усы жылдың 2-сентябрьинен (сийшемби күни) басланады. Бул ҳаққында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги хабар берди.

    Атап өтилиўинше, мектеплердеги оқыў процесиниң биринши сабақ саатларында "Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!" сүрени астында "Келешек сааты" сабақлары өткериледи.

    Сондай-ақ, усы жылы биринши классқа қабыл етилетуғын 738 мыңнан аслам оқыўшыға 12 атамадағы оқыў қуралларынан ибарат "Президент саўғасы" салтанатлы түрде тапсырылады.

    Мағлыўмат ушын, жаңа оқыў жылы лицей оқыўшылары ҳәм ЖООлардың 1-курс студентлери ушын 3-сентябрьден, жоқары курс студентлери ушын 8-сентябрьден басланады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates