Өзбекстан Орайлық Азияда ең қәўипсиз мәмлекет деп табылды

    17 шілде 2025 4394

    Numbeo порталы 2025-жылдың биринши ярым жыллығындағы ең қәўипсиз мәмлекетлер дизимин жәриялады.

    Numbeo порталы жәриялаған 2025-жылдың ярым жыллық халықаралық жынаятшылық дәрежеси индексинде Өзбекстан еки текше жоқарылап, 25-орынды ийеледи. Бул көрсеткиш мәмлекетти Орайлық Азия бойынша ең қәўипсиз мәмлекет сыпатында атап өтти.

    Рейтингте жынаятшылықтың төмен дәрежеси, жәмийетлик орынларда өзин еркин сезиў имканияты ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларына исеним дәрежеси есапқа алынады.

    Қоңсы мәмлекетлерден Қазақстан 73-орынды, Қырғызстан болса 101-орынды ийеледи. Аўғанстан дизимде 145-орынға жайласты. Түркменстан ҳәм Тәжикстан быйылғы жылғы индекске киргизилмеген.

    Numbeo мағлыўматларына бола, Сингапур, Кувейт ҳәм Тайван ең қәўипсиз мәмлекетлер дизиминде жетекшилик етпекте. Өзбекстан болса Европа ҳәм Азияның көплеген раўажланған мәмлекетлеринен де жоқары орынларды ийелеўге еристи. Қәнигелер бул нәтийжени мәмлекетте соңғы жылларда әмелге асырылған қәўипсизлик тараўындағы санлы мониторинг, профилактикалық илажлар ҳәм ҳуқық қорғаў системасының реформасы менен байланыстырмақта.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates