Фестивальда Өзбекстан, Россия, Венесуэла, Ҳиндстан, Қатар, БАӘ, Палестина, Сербия, Судан, Түркия, Зимбабве сыяқлы мәмлекетлердиң миллий асханалары ҳәм олардың мәденияты көрсетилди.
Илаждың ашылыў мәресиминде Беларусь сыртқы ислер министри Максим Риженков қатнасыўшыларды қутлықлады.
Мәмлекетимиз елшиханасы тәрепинен усыныс етилген өзбек халқының бай мәденияты, миллий тағамлары, өнерментшилик өнимлери орын алған Өзбекстан стенди шөлкемлестириўшилер ҳәм мийманларда айрықша қызығыўшылық оятты.
Беларусь сыртқы ислер министри Максим Риженков Өзбекстан стендине барып, мәмлекетимиздиң мәденияты ҳәм гастрономиялық потенциалын жоқары баҳалады, деп хабар береди "Дунё" МА.
"Өзбекстан миллий тағамларының даңқы пүткил дүньяға жайылған. Бул фестивальдағы қатнасыўыңыз бенен сизлер және бир мәрте мийманларды таң қалдыра аласыз, деп ойламайман. Дос өзбек халқының бийтәкирар тағамлары менен бүгинги әнжуманымызда қатнасқаныңыз ушын миннетдаршылық билдиремен", - деди министр Максим Риженков.








