"Аваза" миллий туристлик зонасында болып өтетуғын илажда БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш, сырт мәмлекетлер ҳәм ҳүкиметлер, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң басшылары қатнасады.

Конференция күн тәртибинен транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты беккемлеў ҳәм саўда тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, экономикалық трансформация, климат өзгериўи ҳәм қоршаған орталық ушын қәўип-қәтерлерге шыдамлылықты арттырыў, Турақлы раўажланыў мақсетлерин жүзеге шығарыўда халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери орын алған. Аваза сиясий декларациясы ҳәм ҳәрекетлер бағдарламасының қабыл етилиўи нәзерде тутылған.

Өзбекстан жетекшиси Түркменстанға сапары шеңберинде Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриў мәселелерине бағышланған илажда да қатнасады ҳәм бир қатар еки тәреплеме сөйлесиўлер өткереди.