Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтың мирәт етиўине бола 22-август күни азанда әмелий сапар менен усы мәмлекетке жөнеп кетти.
Мәмлекетимиз басшысы "Аваза" миллий туризм зонасында болып өтетуғын "Әзербайжан - Түркменстан - Өзбекстан" форматындағы саммит илажларында қатнасады.
Өзбекстан жетекшиси саммит шеңберинде еки тәреплеме сөйлесиўлер де өткереди.