Цюрих халықаралық аэропортында Өзбекстан Президентин Бирлескен саўда-санаат палатасының басшысы Дорит Пробст күтип алды.

Сапар бағдарламасы шеңберинде 22-январь күни Давос қаласында мәмлекетимиз жетекшисиниң АҚШ Президенти Дональд Трамптың басламасы менен шөлкемлестирилип атырған Тынышлық кеңесиниң Уставына қол қойыў мәресиминде қатнасыўы, сондай-ақ, бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткериўи нәзерде тутылған.