Сапар бағдарламасына муўапық, Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан жетекшилериниң қоспа ушырасыўы және еки тәреплеме сөйлесиўлер өткерилиўи режелестирилген.
Күн тәртибинен мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери орын алған.
Илаж жуўмағында Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан мәмлекетлик шегараларының тутас ноқаты ҳаққындағы шәртнамаға қол қойыў нәзерде тутылған.
Мәмлекет басшылары көркем өнер шеберлериниң қоспа концертинде де қатнасады.