Өзбекстан - АҚШ стратегиялық шериклигин және де беккемлеў, сондай-ақ, тийкарғы бағдарларда кооперация жойбарларын алға қойыўдың әмелий тәреплери көрип шығылды.
Америка Қурама Штатлары Өзбекстанның тийкарғы шериклеринен бири екени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди: өз-ара саўда көлеми 1 миллиард доллардан артты, мәмлекет базарында 340 қа шамалас Америка компаниялары жумыс алып бармақта.
Энергетика, әҳмийетли минераллар, транспорт, аўыл хожалығы, IТ ҳәм басқа да бағдарларда ири жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта.
35 миллиард долларлық үш жыллық Экономикалық бирге ислесиў бағдарламасы әмел етпекте. Бүгин исбилерменлик илажлары шеңберинде бир қатар әҳмийетли келисимлерге қол қойылыўы күтилмекте.
Жақында шөлкемлестирилген Исбилерменлер кеңесиниң имканиятларын иске қосыў, тийкарғы жойбарларды системалы қоллап-қуўатлаў ушын Инвестициялық платформаны иске қосыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Саўда байланысларын раўажландырыў, Өзбекстан аймақлары менен тиккелей исбилерменлик байланысларын кеңейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.