Өзбекстан Президенти АҚШ саўда министри Говард Латникти қабыллады

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Вашингтон қаласында Америка Қурама Штатлары саўда министри Говард Латник пенен сөйлесиў өткерди.

    Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеў, саўда-инвестициялық бирге ислесиўди жеделлестириў, экономиканың түрли тармақларында қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

    Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы көп қырлы қатнасықлар избе-из раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Кейинги жыллары товар алмасыў көлеми 4 есеге артып, дерлик 1 миллиард долларға жетти. Өзбекстанда АҚШтың 300 ден аслам компаниясы табыслы жумыс алып бармақта. Санаат, аўыл хожалығы, энергетика ҳәм инновациялар тараўларында бир қатар ири кооперациялық жойбарлар әмелге асырылмақта.

    Саўда байланысларын беккемлеў, аймақлараралық бирге ислесиўдиң нәтийжели механизмлерин жаратыў ҳәм Муўапықластырыўшы кеңести шөлкемлестириўден еки тәреп те мәпдар екени атап өтилди.

    Аграр тармақтағы бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Ҳәзирги ўақытта АҚШтан соя дәни ҳәм пахта жеткерип бериў, сондай-ақ, Американың алдынғы тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша дәслепки шәртнамалар дүзилди.

    Сөйлесиўлер жуўмағында биргеликтеги жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын инвестициялық платформа жаратыў арқалы әмелий бирге ислесиўди жеделлестириўге келисип алынды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates