Ушырасыўда “AD Ports Group” компаниясының басшысы Муҳаммад Жума ал-Шамисий, “Tadweer” басшысы Али ал-Даҳерий, “Plenary Group” басшысы Мустафо Фахур ҳәм “DUCAB” басшысы Муҳаммад Абдулраҳмон ал-Мутава қатнасты.
Бул компаниялар өз тараўларында дүнья жетекшилеринен бири болып, олардың жәми активлери 200 миллиард доллардан асламды қурайды.
Жоқары технологиялық тармақларда әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм инвестициялық портфелди кеңейтиў имканиятлары көрип шығылды.
БАӘ менен экономиканың ҳәр қыйлы бағдарларында шериклик жедел раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Инвестицияларды алға қойыў, санаат ҳәм алдыңғы технологияларды раўажландырыў бойынша биргеликтеги илажлар әмелге асырылмақта.
Ҳәр бир компания менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша гезектеги қәдемлер белгиленди. Инфраструктураны раўажландырыў, қала қурылысы, энергетика, транспорт ҳәм логистика, таў-кән санааты, электротехника, коммуналлық хожалық ҳәм басқа да тараўларда қоспа жойбарлар ҳаққында сөз болды.
Инновациялық технологияларды енгизиў, сийрек ушырасатуғын металл кәнлерин өзлестириў, регионаллық темир жолларды раўажландырыў ҳәм "қурғақ" портларды қурыў, кабель өнимлерин ислеп шығарыў жойбарларын жеделлестириў, билимлендириў ҳәм медицина тараўларында ПЖШ жойбарларын алға қойыў бойынша келисимлерге ерисилди.
Ушырасыў жуўмағында әмелий бирге ислесиўдиң барлық бағдарлары бойынша "жол картасы"н қабыл етиўге келисип алынды.