Ушырасыўда “Presight” компаниясының басшысы Томас Прамотедам, “AIQ” компаниясының басшысы Магжан Кенесбай ҳәм “Khazna” компаниясының басшысы Ҳасан ал-Нақби, Муҳаммед бин Зоид атындағы Жасалма интеллект университети президенти Эрик Синг де қатнасты.
“Presight”, “AIQ” ҳәм “Khazna” компаниялары үлкен мағлыўматлар анализи ҳәм жасалма интеллект тараўында жетекши компаниялар қатарына киреди. Муҳаммад бин Зоид университети жасалма интеллект тараўындағы изертлеўлерге қәнигелескен дүньядағы биринши жоқары билимлендириў шөлкеми болып есапланады.
Ушырасыўда Әмирлик компаниялары менен алдыңғы технологияларды раўажландырыў ҳәм оларды ҳәр қыйлы тараўларға табыслы енгизиўге қаратылған стратегиялық шерикликти кеңейтиў жоллары көрип шығылды.
Генератив жасалма интеллектти ислеп шығыў, соның ишинде, энергетика тараўында "үлкен тил моделлерин" қолланыў, Ташкентте үлкен мағлыўматларды қайта ислеў орайын шөлкемлестириў бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша келисимлерге ерисилди.
Муҳаммед бин Зоид атындағы Жасалма интеллект университети менен алмасыўларды жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды. Президентимиз студентлерди оқытыў бағдарламасын иске қосып, бул тараўда жоқары маман кадрлар таярлаў бойынша "жол картасы"н қабыл етиўди усыныс етти.
Илимий-изертлеў лабораторияларын биргеликте иске қосыў, технологиялық кластерлер шөлкемлестириў ҳәм контаксыз төлем операциялары ушын инновациялық шешимлерди енгизиў режелери додаланды.