Ушырасыўда “Masdar” компаниясының басшысы Муҳаммад Жамил ал-Рамаҳий, “TAQA” басшысы Жасим Ҳусайн Табет, “TAQA Water Solutions” басшысы Аҳмад ал-Шамсий ҳәм “Etihad Water & Electricity” басшысы Юсуф ал-Али де қатнасты.
Бул компаниялар энергия ҳәм суў тәмийнаты, тазалаў системаларын басқарыў тараўында дүньядағы жетекши ислеп шығарыўшы ҳәм операторлар есапланады.
Мәмлекетимизде "жасыл" энергетика, коммуналлық хызмет көрсетиў тармақларын модернизациялаў ҳәм ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў режелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы энергетика тараўындағы стратегиялық шериклик еки тәреплеме бирге ислесиўдиң локомотиви болып хызмет етип атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Бул бағдарда улыўма баҳасы 1,5 миллиард долларлық 5 жойбар биргеликте иске қосылды. Декабр айында Наўайы ўәлаятында қуўатлылығы 500 мегаватт болған самал электр станциясы иске қосылды, және бир қатар объектлердиң қурылысы жедел басқышқа кирген.
Өзбекстан Президенти компаниялардың мәмлекетимиз аймақларында бар ыссылық электр станцияларының қуўатлықларын кеңейтиў, төмен күшлениўли электр тармақларын модернизациялаў, жаңа ГЭСлер, электр энергиясын сақлаў системалары, ири қуяш ҳәм самал станцияларының қурылысын жеделлестириў бағдарындағы режелерин қоллап-қуўатлады.
Буннан тысқары, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принциплери тийкарында суў тәмийнаты тармақларын раўажландырыў ҳәм жаңа тазалаў объектлерин қурыў ушын кең имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.