Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Беларусь Президенти Александр Лукашенконың сәлеми ҳәм қызғын тилеклерин жеткерди.

Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан - Беларус көп қырлы шериклик қатнасықларын және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Бирге ислесиўде, бәринен бурын, саўда-экономикалық тараўда жоқары дәрежеге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өткен жылдың жуўмақларына бола товар алмасыў 25 процентке өсип, дерлик 1 миллиард долларға жетти. Тийкарғы тармақларда жетекши кәрханалардың кооперациясы кеңеймекте.

Машина қурылысы, электротехника, фармацевтика, тоқымашылық ҳәм азық-аўқат санааты, аграр тармақ ҳәм басқа да бағдарларда қоспа жойбарларды алға қойыў арқалы жаңа экономикалық күн тәртибин қәлиплестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.