Өзбекстан Президенти Бельгиялылар Патшасы менен ушырасты

    Брюссель қаласына рәсмий сапары шеңберинде Лакен сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Бельгиялылар Патшасы Филипп пенен ушырасыўы болып өтти.

    Саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланды. Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылды.

    Патша Филипп Өзбекстан жетекшисиниң ЕА администрациясы менен сөйлесиўлериниң жуўмақларын жоқары баҳалап, мәмлекетимиз жетекшисин Европа Аўқамы менен Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы тарийхый келисимге қол қойылғаны менен қызғын қутлықлады.

    Өзбекстан - Бельгия қатнасықлары избе-из раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Министрлер дәрежесинде жедел сөйлесиўлер жолға қойылған, сиясий мәсләҳәтлесиўлер турақлы өткерилмекте, еки мәмлекет парламентлеринде дослық топарлары шөлкемлестирилген.

    Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў беккемленбекте. Ташкент ҳәм Кортрейк, Самарқанд ҳәм Льеж қалалары арасында дослық байланыслары орнатылды. Кортрейкте уллы ойшыл бабамыз Әбиў Әлий ибн Синаның бюсти ашылды.

    Өз-ара товар алмасыў көлеми артпақта, Бельгия компаниялары Өзбекстанда, атап айтқанда, тоқымашылық, логистика ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында табыслы жумыс алып бармақта. Өткен жылы Ташкентте Бенилюкс мәмлекетлериниң саўда палатасы ашылды.

    Сөйлесиў ўақтында Бельгия компаниялары ўәкиллериниң Өзбекстанға сапарларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, мәдений илажларды өз-ара өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Патша Филиппти сапар менен Өзбекстанға келиўге мирәт етти.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates