Мәмлекетимиз басшысы БМШ Бас Ассамблеясы жалпы сессиясының улыўма додалаўларының биринши күнинде шығып сөйлейди.
Бас Ассамблеяның быйылғы юбилей сессиясында глобал қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў, БМШ системасы ҳәм халықаралық финанс архитектурасын реформалаў, климат өзгериўи ақыбетлери ҳәм басқа да заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылатуғынын атап өтиў керек.
Саммит шеңберинде Өзбекстан жетекшиси БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш, сырт мәмлекетлер ҳәм ҳүкиметлер, абырайлы халықаралық финанс институтларының басшылары менен сөйлесиўлер өткереди.
Сапар етиў бағдарламасының исбилерменлик бөлиминен АҚШтың жетекши компаниялары ҳәм финанслық-инвестициялық структураларының қатнасыўында ушырасыў ҳәм илажлар орын алған. Жаңа келисим ҳәм шәртнамалар топламына қол қойылыўы күтилмекте.









