Урбанизация тараўындағы жетекши структура басшысы Президентимизге Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриштиң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң бул абырайлы институты менен қалаларды турақлы раўажландырыў, инфраструктураны модернизациялаў ҳәм халықтың турмыс сапасын арттырыў бағдарында көп қырлы шерикликти раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.
БМШтың жоқары дәрежели ўәкили мәмлекетимизде "ақыллы" ҳәм "жасыл" қалаларды турақлы раўажландырыў, халық ушын қолайлы орталық жаратыўға қаратылған урбанизация тараўындағы реформаларды унамлы баҳалады.
Қалаларды басқарыўға заманагөй санлы шешимлерди енгизиў, "жасыл" қурылыс стандартларын ислеп шығыў, қала орталығында ықлымның өзгериўине бейимлесиў бойынша арнаўлы бағдарламаны иске қосыў бағдарындағы бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Өзбекстанда Пүткил жер жүзилик тазалық күнин өткериў ҳәм Ташкентте шөлкемниң офисин ашыў мәселелери көрип шығылды. Әмелий бирге ислесиў бағдарлары бойынша "жол картасы"н қабыл етиўге келисип алынды.