Сапар шеңберинде Будапешт қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер, Венгрияның рәсмий шахслары ҳәм жетекши компанияларының басшылары менен ушырасыўлар өткерилиўи нәзерде тутылған.
Күн тәртибинен еллеримиз арасындағы әмелий бирге ислесиў ҳәм стратегиялық шерикликти буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери орын алған.
Өзбекстан жетекшиси Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң рәсмий емес саммитинде де қатнасады.