Өзбекстан Президенти ЖЕАЭК саммитинде қатнасты

    Ҳүкимет 26 желтоқсан 2024 772

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-декабрь күни Санкт-Петербург қаласында Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң гезектеги мәжилисинде бақлаўшы статусында қатнасты.

    Армения Республикасы Бас министри Никол Пашинян басшылығында (онлайн форматта) өткен бул ретки ушырасыўда Беларус Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, сондай-ақ, ЖЕАЭК жанындағы бақлаўшы мәмлекет - Иран Ислам Республикасы санаат, кәнлер ҳәм саўда министри Саид Муҳаммад Отабак та қатнасты. Куба Республикасы Президенти Мигел Диас-Канел қатнасыўшыларға видеомүрәжат жоллады.

    Күн тәртибинен көп тәреплеме саўда-экономикалық бирге ислесиўди және де кеңейтиў, санаат кооперациясы жойбарларын қоллап-қуўатлаў, бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларында қоспа бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелери орын алды.

    Өзбекстан Президенти сөзиниң басында кейинги жыллары мәмлекетимиз бақлаўшы сыпатында Евроазия экономикалық аўқамы менен 22 бағдарда нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойғанын атап өтти.

    2024-жылы Өзбекстанның аўқам мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми 11 процентке артты. Октябрь айында Евроазия экономикалық комиссиясы менен саўда, санаат, қаржы, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм басқа да тараўларда 40 қа шамалас илажларды өз ишине алған жаңа үш жыллық бирге ислесиў режеси қабыл етилди.

    Өзбекстан, сондай-ақ, ЕАЭКтың саўда ҳәм жүк тасыўды санластырыў, электрон коммерцияны енгизиў, ықлым өзгериўине қарсы гүресиў тараўындағы бир қатар тармақлық бағдарламаларында белсене қатнаспақта.

    Келеси жылы март айында қоспа Жумысшы топардың төртинши мәжилисине таярлық көрилмекте.

    Мәмлекетимиз басшысы Евроазия экономикалық аўқамы менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларына айрықша тоқтап өтти.

    Атап айтқанда, Президентимиз өз-ара саўдадағы саўда тосқынлықларын басқышпа-басқыш сапластырыўға шақырды. Усы көзқарастан, Өзбекстан ҳәм ЕАЭК мәмлекетлери арасындағы саўдада тариф ҳәм тариф емес шеклеўлерди қолланбаў мәселесин экспертлер дәрежесинде ислеп шығыў усыныс етилди.

    Әмелий ҳәрекетлер режесин қабыл еткен ҳалда, жақын келешекте техникалық жақтан тәртипке салыў системаларын жақынластырыў бойынша мәсләҳәтлесиўлер өткериўге таярлық билдирилди.

    Өзбекстан жетекшиси илаж жуўмағында қол қойылып атырған бирден-бир бажыхана транзити системасы ҳаққындағы келисимде мәмлекетимиздиң қатнасыўы, сондай-ақ, бажыхана шегаралары арқалы алып өтилип атырған товарлар ҳәм транспорт қураллары ҳаққында электрон мағлыўматлар алмасыўын тез пурсатта енгизиў тәрепдары екенин атап өтти.

    Санаат кооперациясы ҳәм локализациялаў бағдарламаларын қоллап-қуўатлаў механизмлери менен қуралларына қосылыўдан мәпдарлық билдирилди.

    - Биргеликтеги жойбарларды алға қойыў ушын исенимли қаржы дәреклерин қәлиплестириў мақсетинде келеси жылдың басында тәртип-қағыйдаларды жуўмақлап, Евроазия раўажланыў банкине ағза болыўды режелестирмектемиз, - деди Президентимиз

    Бизнести және де жедел тартыў ҳәм исбилерменлик байланысларын беккемлеў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде ЕАЭК Исбилерменлер кеңесиниң мәжилисин 2025-жыл апрель айында Ташкент қаласында өткериў усыныс етилди.

    Санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект тараўында системалы бирге ислесиў әҳмиетли екени атап өтилди. Мәмлекетимизди ЕАЭК ның интеграцияласқан мәлимлеме системасына ҳәм "Санлы аўқам" жойбарына жалғаў басламасы алға қойылды.

    Аграр тараўда аўыл хожалығы өнимлерин өз-ара жеткерип бериўди жеңиллестириў, инновациялық агросанаат жойбарларын әмелге асырыў ҳәм илимий қолланбаларды енгизиўге қаратылған кооперация бағдарламасын таярлаў усыныс етилди.

    Туристлик алмасыўларды хошаметлеў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы ЕАЭК мәмлекетлериниң пуқараларына Өзбекстанға ишки ҳүжжетлер менен кириў имканиятын беретуғын тәртипти енгизиўге таяр екенин билдирди.


    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates