Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Франция Республикасы Президенти Эммануэл Макронның сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Усы жылдың март айында Парижге әмелге асырылған тарийхый жоқары дәрежедеги сапар етиў ўақтында ерисилген келисимлер шеңберинде Өзбекстан менен Франция арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын, бәринен бурын, транспорт-логистика тараўында және де тереңлестириў мәселелери көрип шығылды.
Пуқаралық авиациясы тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, транспорт тараўында, соның ишинде, күни кеше шөлкемлестирилген Өзбекстан-Франция университети негизинде жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.