Өзбекстанның бул абырайлы структура менен әмелий бирге ислесиўин раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.
Тони Блэр Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша әмелге асырылып атырған реформалардың барысы ҳәм көлемин жоқары баҳалады, оларды және де алға қойыў шеңберинде зәрүр экспертлик-мәсләҳәт жәрдемин көрсетиўге таяр екенин билдирди.
Экономика тармақларына ири стратегиялық инвесторларды тартыў, технологиялық модернизациялаў, санластырыў ҳәм жасалма интеллектти енгизиўди жеделлестириў, тийкарғы тараўларда биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыўға қаратылған илажлар бирге ислесиўдиң басқа тийкарғы бағдарлары сыпатында атап өтилди.
Уллы Британияның бурынғы Бас министри Тони Блэр тәрепинен 2016-жылы шөлкемлестирилген институт халықаралық коммерциялық емес шөлкем есапланатуғынын атап өтиў керек. Ол ҳәр қыйлы мәмлекетлерге турақлы ҳәм инновациялық раўажланыўдың жаңа моделлерин ислеп шығыўда, климат өзгериўи ҳәм басқа да заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде жәрдемлеседи.