Өзбекстан Президенти Корея Республикасы Парламенти Спикерин қабыллады

    Сиясат 17 желтоқсан 2025 381

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-декабрь күни Корея Республикасы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери парламентлери басшыларының үшинши мәжилисинде қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген Спикер У Вон Шик басшылығындағы Корея Республикасы Миллий Ассамблеясы делегациясын қабыллады.

    Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Корея Республикасы Президенти Ли Чжэ Мённың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

    Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы арасындағы айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын, соның ишинде, парламентлераралық бағдарда буннан былай да раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

    Жедел сиясий ҳәм парламентлераралық байланыслар жолға қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў ҳәм Корея инвестицияларының көлеми, бәринен бурын, экономиканы модернизациялаў ҳәм жоқары технологиялық өндирислерди шөлкемлестириўге қаратылған инвестициялар көлеми артып бармақта.

    Гуманитарлық ҳәм билимлендириў тараўларындағы алмасыўлар кеңеймекте.

    Өзбекстанда Кореяның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң 4 филиалы, сондай-ақ, аймақлардағы профессионал билимлендириў орайлары табыслы жумыс алып бармақта.

    Инфраструктураны раўажландырыў, транспорт ҳәм логистика, сийрек ушырасатуғын металлар ҳәм әҳмийетли шийки затты қайта ислеў, сондай-ақ, нызам дөретиўшилигин санластырыў ҳәм алдынғы басқарыў шешимлерин енгизиў тараўларында кооперация жойбарларын әмелге асырыў қоллап-қуўатланды.

    Парламентлераралық бирге ислесиў бағдарламасын таярлаў, сондай-ақ, парламентлердеги "дослық топарлары" жумысын жеделлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Болажақ жоқары дәрежедеги, соның ишинде, "Орайлық Азия - Корея Республикасы" саммити шеңбериндеги илажлардың күн тәртибин пуқта таярлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates