Магатэ менен көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди

    Ҳүкимет 4 желтоқсан 2024 1540

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Халықаралық атом энергиясы агентлиги (ХАЭА) бас директоры Рафаэль Гросси арасында 4-декабрь күни болып өткен ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўди түп-тийкарынан кеңейтиў ҳәм әмелий шерикликтиң жаңа бағдарларын алға қойыў перспективалары ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

    Өзбекстан 1994-жылдан берли ХАЭА ағзасы. Бул дәўир даўамында усы абырайлы шөлкемниң техникалық жәрдемин кеңнен тартқан ҳалда 40 тан аслам биргеликтеги жойбар әмелге асырылды. Ҳәзирде миллий системалардың ҳуқықый базасы ҳәм потенциалын жетилистириў, ядро илими, медицинаны раўажландырыў бойынша ҳәм басқа бағдарларда 5 жойбар әмелге асырылмақта.

    Мәмлекетимиз басшысы ХАЭА делегациясы Өзбекстан министрликлери, уйымлар ҳәм илимий мәкемелеринде өткерген ушырасыў ҳәм илажлардың нәтийжелерин жоқары баҳалады. Самарқанд қаласында тараўдағы жетекши сырт ел экспертлериниң қатнасыўында болып өтетуғын Атом энергиясынан пайдаланыў мәселелери бойынша халықаралық конференцияны биргеликте шөлкемлестирилгени миннетдаршылық пенен атап өтилди.

    Миллий агентликлердиң компетенциялары ҳәм потенциалын арттырыў, ХАЭА бағдарламалары шеңберинде жоқары маман кадрлар таярлаў, ядро энергитакасы, аўыл хожалығы, суўдан пайдаланыў, денсаўлықты сақлаў, экология тараўларында перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары сыпатында атап өтилди.

    Ушырасыў жуўмағында тыныш атом тараўын раўажландырыў бағдарында көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша биргеликтеги «жол картасы»н қабыллаў бойынша келисимге ерисилди.


    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates