Илажда Россия Президенти Владимир Путин, Беларус Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов та қатнасты.
Ушырасыўда 2024-жылдағы биргеликтеги жумыслардың тийкарғы жуўмақлары есапқа алынды ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўдиң келеси жылға мөлшерленген тийкарғы ўазыйпалары көрип шығылды.
Регион ишинде саўда ҳәм кооперацияны, бәринен бурын, өз-ара саўдадағы тосқынлықларды буннан былай да сапластырыў арқалы кеңейтиў бойынша биргеликтеги илажларды ислеп шығыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Көп қырлы шерикликти жаңа бағдарларда раўажландырыў перспективалары бойынша пикир алысылды. Инженерлик мектеплерин шөлкемлестириў, интернет технологиялары, үлкен мағлыўматлар индустриясы, креатив экономика, "жасыл" энергетика ҳәм тыныш атом тараўын раўажландырыў, санлы шешимлерди енгизиў солардың қатарына киреди.
Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе және улыўма қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде ҒМДА шеңбериндеги әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарындағы әҳмийетли мәселелер де додаланды.