Аймақлараралық байланысларды буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша итибар қаратылды.
Терең тарийхый байланысларға ийе болған Самарқанд ҳәм Нара қалалары арасында туўысқанлық қатнасықлары орнатылғанына жоқары баҳа берилди. Самарқанд көп әсирлер даўамында Уллы жипек жолының орайы, Японияның әййемги пайтахты Нара болса оның шығыс дәрўазасы болғаны атап өтилди. Бул қалалар халықаралық саўданы раўажландырыў ҳәм билим алмасыўда үлкен роль ойнап, цивилизациялар арасында мәдений көпирлерди қәлиплестирди.
2027-жылы Нара миллий музейинде өткерилетуғын Өзбекстан мәденияты ҳәм тарийхына байланыслы археологиялық көргизбеге пуқта таярлық көриў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Бул жойбар Өзбекстан - Япония дипломатиялық қатнасықлары орнатылғанының 35 жыллығы мүнәсибети менен кең көлемли мәдений илажға айланады.
Еки мәмлекет ҳәм халық арасындағы мәңги дослық ҳәм мәдений-тарийхый жақынлықтың нышаны сыпатында Гэн Накагава мэрияның жаңа Нара бағларынан бирине Самарқанд қаласының атын бериў ҳаққындағы қарарын мәлим етти.
Сөйлесиўде туўысқан қалалар арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды жедел алға қойыў, аўыл хожалығы, туризм, тоқымашылық, транспорт, логистика ҳәм қала қурылысы сыяқлы тараўларда қоспа кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.









