Ушырасыў алдынан вице-президент Инмин Янг мәмлекетимиз басшысына Азия раўажланыў банки басшысы Масато Канданың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди және форумның табыслы өткерилгени менен қутлықлады.
Жаңа Өзбекстанда артқа қайтпайтуғын түс алған реформалар стратегиясын әмелге асырыў шеңберинде бул жетекши халықаралық финанслық институт пенен бирге ислесиўди тереңлестириўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды.
Кейинги жылларда бирге ислесиўде жоқары дәрежеге ерисилгени айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Бүгинги күнде "жасыл" энергетика, транспорт, санлы трансформация, билимлендириў ҳәм басқа да бағдарлардағы жойбарлар портфели 14 миллиард долларды қурамақта.
Мәмлекетимиз жетекшиси АРБ менен инфраструктура, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик, бизнес, социаллық тараў ҳәм капитал базарын раўажландырыў бойынша жаңа жойбарларды өз ишине алған кең көлемли стратегиялық шериклик бағдарламасын таярлаў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Кәмбағаллыққа қарсы гүресиў, әҳмийетли минералларды қайта ислеў, бюджетти қоллап-қуўатлаў, биргеликтеги инвестициялық платформаны жаратыў бойынша жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, банк Басқарыўшылар кеңесиниң жыллық мәжилисине таярлық көриў ҳәм оны келеси жылы Өзбекстанда өткериў илажлары додаланды.