Өзбекстан Президенти Әзербайжан Бас министрин қабыллады

    Сиясат 10 маусым 2025 1445

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 10-июнь күни Ташкент халықаралық инвестициялық форумында қатнасыў ушын мәмлекетимизде болып турған Әзербайжан Республикасы Бас министри Али Асадовты қабыллады.

    Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман Өзбекстан жетекшисине Әзербайжан Президенти Илҳам Алиевтиң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

    Өзбекстан менен Әзербайжан арасындағы дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

    Экономикалық кооперация жылы шеңберинде биргеликте нәтийжели жумыслардың әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми артпақта, экономиканың түрли тармақларында, соның ишинде, биргеликтеги Инвестициялық компанияның жәрдеминде әмелге асырылып атырған кооперациялық жойбарлар қызғын басқышқа кирген. Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўлар даўам етпекте.

    Ерисилген келисимлердиң орынланыўын қадағалаў ҳәм болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыў ушын жаңа басламаларды алға қойыў мақсетинде ҳүкиметлер дәрежесинде тығыз әмелий бирге ислесиўди даўам еттириў әҳмиетли екени атап өтилди.

    Усы мәниде, Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси ҳәм еки мәмлекет аймақлары форумының жоқары нәтийжелилигин тәмийинлеў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates