Өзбекстан Президенти Әзербайжанға жөнеп кетти

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң мирәт етиўине бола 6-октябрь күни әмелий сапар менен усы мәмлекетке жөнеп кетти.

    Мәмлекетимиз басшысы Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң гезектеги саммитиниң тийкарғы илажларында қатнасады.

    "Регионаллық тынышлық ҳәм қәўипсизлик" темасында өткерилип атырған ушырасыў күн тәртибинен тийкарғы тараўларда көп тәреплеме бирге ислесиўди және де тереңлестириў мәселелери орын алған.

    Саммит жуўмағында шөлкемге ағза мәмлекетлер арасындағы әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиўге қаратылған бир қатар ҳүжжетлер қабыл етиледи.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates