Нефть-газ, нефть-химия ҳәм қайта тикленетуғын энергетика тараўларында жетекшилерден бири болған бул глобал компания менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы шийки затты терең қайта ислеў ҳәм "жасыл" энергетика жойбарларын әмелге асырыў бағдарындағы перспективалы режелерди қоллап қуўатлады.
Геологиялық-излеў жумысларын алып барыў ҳәм перспективалы углеводород кәнлерин өзлестириў, карбонат ангидрид газин услап қалыў ҳәм сақлаў бойынша алдынғы технологияларды енгизиў, "Petronas" университети негизинде жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында атап өтилди.