Өзбекстан менен Қырғызстан арасындағы стратегиялық шериклик, дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын және де беккемлеўдиң әмелий тәреплери додаланды.
Кейинги жылларда еки тәреплеме бирге ислесиўде ерисилген жетискенликлер айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Барлық дәрежедеги байланыслар даўам етпекте. Товар алмасыў ҳәм жүк тасыў көлеми турақлы артып бармақта. Экономиканың тийкарғы тармақларында қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта. Жедел мәдений-гуманитарлық ҳәм аймақлараралық алмасыўлар әмелге асырылмақта.
Ири стратегиялық жойбарларды әмелге асырыў, соның ишинде, "Өзбекстан - Қырғызстан - Қытай" темир жолы ҳәм Қамбарата ГЭС-1 қурылысы бойынша жумыслар алып барылмақта.
Жетекшилер регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди де көрип шықты.