Сапар шеңберинде Куала-Лумпур қаласында Бас министр Анвар Иброҳим менен еки тәреплеме сөйлесиўлер, Малайзияның жетекши компанияларының басшылары менен ушырасыўлар, биргеликтеги бизнес форумы ҳәм басқа да илажларда нәзерде тутылған.

Болажақ жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң күн тәртибинен Өзбекстан-Малайзия дослық қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм әмелий бирге ислесиўди, соның ишинде, саўда, инвестициялар, инновациялар, технологиялық кооперация, нефть-химия, электроника, "жасыл" энергетика, "ақыллы" аўыл хожалығы, туризм ҳәм басқа да көплеген тийкарғы бағдарларда кеңейтиў мәселелери орын алған. Мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириўге айрықша итибар қаратылады.

Жетекшилер халықаралық сиясат ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплерин де көрип шығады.

Саммит жуўмағында еки мәмлекет арасындағы кең көлемли шерикликти буннан былай да раўажландырыўға қаратылған Қоспа баянат ҳәм салмақлы келисимлер топламының қабыл етилиўи режелестирилген.

Сапар алдынан Малайзияда бир қатар әҳмийетли илажлар өткерилип атырғанын атап өтиў керек.

Атап айтқанда, жетекши таллаў орайлары ҳәм изертлеў структураларының ушырасыўы болып өтти. Жақын күнлерде Өзбекстанның туризм потенциалы ҳәм мәдений мийрасының презентациялары, еки мәмлекеттиң жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери ректорларының форумы ҳәм басқа да илажлар өткериледи.