баннер
15 Mar 2025
10:10

    Өзбекстан Президенти Россия менен парламентлераралық бирге ислесиў кеңейиўин қоллап-қуўатлады

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-март күни Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Мәмлекетлик Думасының Баслығы Вячеслав Володинди қабыллады. Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларының әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

    Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

    Өткен жылы май айында Россия Президентиниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары ўақтында ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыўын қадағалаў мақсетинде парламентлераралық бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

    Мәмлекетимиз жетекшиси Парламентлераралық комиссияның екинши мәжилисине пуқта таярлық көриў ҳәм оны Өзбекстанда, еки мәмлекет аймақларын кеңнен тартқан ҳалда өткериў әҳмийетли екенин атап өтти.

    Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўдиң тийкарғы жойбарларын, мийнет миграциясы ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарындағы биргеликтеги бағдарламаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жеделлестириўде парламентлердиң белсене қатнасыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech