Илажда еки мәмлекеттиң рәсмий делегацияларының ағзалары, исбилермен топарлары ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери де қатнасты.
Мәмлекетимиз жетекшиси ҳәм Япония ҳүкиметиниң басшысы еки мәмлекет қатнасықлары кеңейтилген стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилген сөйлесиўлердиң нәтийжелеринен қанаатланыўшылық билдирди.
Өзбекстан - Япония қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге умтылысы исенимли екени атап өтилди.











