Өзбекстан Президенти Словенияға сапарын жуўмақлады

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Словения Республикасына рәсмий сапары жуўмақланды.

    Кейинги 20 жыл ишинде биринши Өзбекстан-Словения саммити еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында жаңа басқышты баслап берди.

    Сапар етиў шеңберинде Словения Республикасы Президенти Наташа Пирц Мусар, Бас министри Роберт Голоб ҳәм Миллий ассамблеясы Баслығы Уршка Клакочар-Зупанчич пенен мазмунлы сөйлесиўлер болып өтти.

    Тәреплер сиясат, экономика, инвестициялар, санаат кооперациясы, экология, мәденият, туризм ҳәм билимлендириў тараўларын қамтып алған кең көлемли мәселелерди додалады.

    Биргеликтеги билдириў, сондай-ақ, тийкарғы бағдарларда ерисилген келисимлерди беккемлеп қойған ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық келисимлердиң салмақлы топламы қабыл етилди.

    Сапар етиў жуўмағында мәмлекет басшылары ҳәм еки мәмлекеттиң 100 ге шамалас жетекши компанияларының ўәкиллериниң қатнасыўында Өзбекстан-Словения бизнес форумы болып өтти.

    Любляна халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды ишки ислер министри Боштян Поклукар ҳәм басқа да рәсмий шахслар шығарып салды.

    Мәмлекетимиз басшысы Ташкентке жөнеп кетти.


    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates