Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң басшылығында өткен илажда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов, Венгрия Бас министри Виктор Орбан, Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бас хаткери Кубаничбек Омуралиев ҳәм басқа да рәсмий шахслар да қатнасты.
Күн тәртибине муўапық, шөлкем шеңбериндеги көп қырлы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары бойынша пикир алысылды, әмелий шерикликтиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында Әзербайжан Президентине әййемнен Уллы жипек жолындағы әҳмийетли саўда ҳәм мәденият орайларынан бири болған Габала қаласында саммит жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди.
- Сизиң тиккелей басламаңыз бенен биз кейинги жыллары заманагөй Әзербайжанның көплеген аймақларына бардық. Гөззал Қарабағ күн сайын абат болып атырғанына, Шуша, Ханкенди, Ағдам қалаларындағы үлкен дөретиўшилик жумысларына гүўа болдық. Әлбетте, жақын досларыңыз сыпатында бул унамлы процесслер бизлерди оғада қуўандырады, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Әзербайжан ҳәм Армения арасында қол қойылған Тынышлық декларациясы шөлкем мәмлекетлерине саўда, экономика, транспорт ҳәм гуманитарлық тараўларда бирге ислесиў ушын кең имканиятлар ашып атырғаны айрықша атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы, сондай-ақ, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровқа ТМШға нәтийжели басшылық еткени ҳәм бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға қосқан мүнәсип үлеси ушын миннетдаршылық билдирди.
Саммит күн тәртибине өтер екен, Өзбекстан жетекшиси бүгинги халықаралық жағдайға қысқаша сыпатлама берди.
Бул ретки мәжилис қыйын геосиясий өзгерислер, дүньяда ҳәм регионда қәўипсизликке қәўип-қәтерлер күшейип атырған шараятта өтип атырғаны атап өтилди.
- Жақында Нью-Йорк қаласында болып өткен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының юбилей сессиясындағы дүнья жетекшилериниң шығып сөйлеўлери ҳәм көзқараслары да заманагөй дүньяның сиясий ҳәм қәўипсизлик архитектурасы бойынша бирдей позиция жоқ екенлигин және бир мәрте көрсетти, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Усы көзқарастан, глобал басқарыў системасын терең реформалаў ҳәм жетилистириў, БМШ ҳәм Қәўипсизлик Кеңесиниң ролин арттырыў, сондай-ақ, халықаралық жумысларда раўажланып атырған мәмлекетлердиң даўысын күшейтиў зәрүр екенлиги және бир мәрте атап өтилди.
Евроазия континентинде барған сайын ҳәўиж алып атырған, соңы көринбей атырған келиспеўшилик ҳәм урыслар Шөлкем мәмлекетлерине унамсыз тәсир көрсетип атырғаны атап өтилди. Газа секторындағы апатшылық, Украина әтирапындағы жағдай, Иранның ядро бағдарламасы машқаласы, Аўғанстандағы турақлылық мәселелери үлкен қәўетер оятпақта.
Өзбекстан басшысы дүньяның қүдиретли мәмлекетлериниң әдил дүнья тәртибин қәлиплестириў, өз-ара исеним ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарындағы умтылыслары ҳәм жаңа режелерин қоллап-қуўатлады.
Глобал жағдайды терең таллаў ҳәм зәрүр қарарлар қабыл етиў мақсетинде ТМШ мәмлекетлери сыртқы сиясий уйымлары ҳәм арнаўлы хызметлери басшыларының қоспа ушырасыўларын өткериў ҳәм бундай форматтағы биринши мәжилисти келеси жылы Самарқанд қаласында шөлкемлестириў усыныс етилди.
Өзбекстан жетекшиси қысқа мүддетте жедел раўажланып атырған абырайлы халықаралық структуралар қатарына кирген Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң орны ҳәм әҳмийети барған сайын артып атырғанын атап өтти. Жоқары дәрежедеги сиясий сөйлесиў кеңейип, өз-ара исеним беккемленип атырғаны, биргеликтеги жойбарлар ҳәм гуманитарлық бағдарламалар жедел әмелге асырылып атырғаны буннан дәрек береди.
Бүгинги күнде ТМШ шеңберинде 35 тен аслам бағдарда әмелий бирге ислесиў алып барылмақта. Өз-ара саўда көлеми турақлы артып бармақта ҳәм 2030-жылға барып еки есеге көбейиўи күтилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзиниң тийкарғы бөлиминде әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўдиң анық мәселелерине тоқтап өтти.
Шөлкемниң абырайы ҳәм потенциалын арттырыў, жақын келешекте оның нәтийжели бирге ислесиў майданы сыпатындағы ролин күшейтиў тийкарғы ўазыйпа екени атап өтилди.
- Бул бағдарда Түркий мәмлекетлер арасында стратегиялық шериклик, мәңги дослық ҳәм туўысқанлық ҳаққындағы келисимди тезирек келисип, қабыл етиў тәрепдарымыз. Әлбетте, бул әҳмийетли келисим бирге ислесиўимизди раўажландырыў жолында тийкарғы сиясий ҳүжжет сыпатында туўысқан халықларымызды және де жақынластырыў, әмелий байланысларды жаңа басқышқа алып шығыўда беккем тийкар болып хызмет етеди, - деди мәмлекетимиз жетекшиси.
Көп қырлы шерикликти кеңейтиў ҳәм жеделлестириў мақсетинде Түркий мәмлекетлер шөлкемин 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы ҳәм оны әмелге асырыў бойынша өз алдына "жол картасы"н ислеп шығыў усыныс етилди. Бул ҳүжжетлерде төмендеги анық бағдарлар ҳәм илажларды сәўлелендириў зәрүрлиги атап өтилди.
Бириншиден, саўда-экономикалық байланысларды раўажландырыў ҳәм санаат кооперациясын тереңлестириў.
Өзбекстан Президенти жақын келешекте ТМШ шеңберинде саўда, бизнес ҳәм өз-ара инвестициялар ушын ең қолайлы шараятлар, ҳуқықый тийкар ҳәм инфраструктура жаратыўды нәзерде тутатуғын Жаңа экономикалық имканиятлар мәканын қәлиплестириў әҳмийетли екенлигин және бир мәрте атап өтти.
Әмелий бирге ислесиўди избе-из раўажландырыў ҳәм анық жойбарларды ислеп шығыў, атап айтқанда, Түркий инвестиция қоры шеңбериндеги режелерди келисиў мақсетинде Түркий мәмлекетлердиң экономикалық шериклик бойынша турақлы кеңесин шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Турақлы тийкарда жумыс алып баратуғын бул структураға Шөлкем мәмлекетлери Бас министрлериниң орынбасарлары басшылық етиўи мүмкин. Кеңестиң Жойбарлаў офисин Ташкент қаласында жайластырыў усыныс етилди.
Өзбекстан басшысының атап өткениндей, төмендеги мәселелер Кеңестиң турақлы итибарында болыўы керек:
- Түркий мәмлекетлер Санаат альянсын дүзиў ҳәм сол арқалы машина қурылысы, таў-кән санааты, электротехника, нефть-химия, фармацевтика, жеңил, азық-аўқат санааты, қурылыс материалларын ислеп шығарыў тараўларында жетекши компаниялардың кооперация жойбарларын алға қойыўға жәрдемлесиў;
- өз-ара саўда көлемин және де арттырыў ҳәм техникалық регламентлерди жақынластырыў мақсетинде "Түркий жасыл коридорлар" электрон системасын енгизиў;
- "жасыл" энергетика, "жасыл" водород ҳәм аммиак бойынша жойбарларды биргеликте әмелге асырыў, алдынғы технологиялар, стандартлар ҳәм ўәкилликлерди тартыў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин кеңнен енгизиў ушын "Жасыл трансформация" консорциумын шөлкемлестириў;
- стратегиялық минераллар шийки зат базасын раўажландырыў тийкарында қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў.
Соның менен бирге, "шийки зат - қайта ислеў - илим ҳәм технологиялар - таяр өним" принципи тийкарында әмелий бирге ислесиў бағдарламасын қабыл етиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Екиншиден, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў. Бар потенциалды есапқа алған ҳалда, ТМШ мәмлекетлери органикалық аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм жеткерип бериў бойынша дүня жетекшилерине айланыўы мүмкин.
ФАО таллаўына бола, бүгинги күнде жәҳән органикалық өнимлер базарының көлеми 225 миллиард доллардан асады ҳәм келешекте бул көрсеткиш ҳәр жылы 10 процентке өсиўи күтилмекте.
Сапалы ҳәм өтимли органикалық өнимлер ислеп шығарыў ушын илимий-изертлеў ҳәм селекция, санаат кооперациясы ҳәм логистика байланысларын күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
- Келешекте органикалық өнимлеримиз дүнья базарына бирден-бир бренд пенен шығыўы мүмкин. Бул бағдарда аўыл хожалығы министрлеримиз қадағалаўында Экспертлик жумысшы топарды шөлкемлестирип, дәслепки "пилот" жойбарларды таңлап алыў ҳәм мәмлекетлеримизде әмелге асырыўды усыныс етемиз,-деди Өзбекстан жетекшиси.
Үшиншиден, транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты күшейтиў ҳәм халықаралық транзит коридорларын раўажландырыў тараўында муўапықластырылған сиясатты әмелге асырыў.
Мәмлекетимиз жетекшиси Орта коридорды избе-из раўажландырыў бағдарындағы режелерди қоллап-қуўатлап, бул бағдардың бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў ҳәм бизнес жәмийетшилиги ушын ең қолайлы шараятлар жаратыў әҳмийетли екенин атап өтти.
Усы мәнисте, қолайлы транзит тарифлерин қолланыў, заманагөй транспорт инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм санлы бажыхана тәртип-қағыйдаларын енгизиў үлкен әҳмийетке ийе.
Орта коридор қурылып атырған Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолы ҳәм перспективалы Трансаўған коридоры менен байланысса, үлкен регионда көп тармақлы, стратегиялық магистраль жоллар системасы жаратылады.
Транспорт тараўына байланыслы бул басламалардың барлығы 12-ноябрь күни Ташкент қаласында болып өтетуғын Мультимодал тасыўлар бойынша халықаралық форум шеңберинде ҳәр тәреплеме додаланыўы режелестирилген.
Төртиншиден, кең көлемли санаат ҳәм инфраструктура жойбарларын әмелге асырыў ушын нәтийжели финанслық қуралларды енгизиў.
Өзбекстан Президенти Түркий инвестиция фондының жумысын кеңейтиў, ИРБ, ЕТРБ ҳәм басқа да халықаралық және миллий финанс институтлары менен Стратегиялық бирге ислесиў бағдарламасын қабыл етиў басламасын алға қойды.
Бесиншиден, турақлы раўажланыўдың әҳмийетли драйверлерине айланып атырған жасалма интеллект, санластырыў ҳәм креатив экономиканы раўажландырыў.
Бул бағдарлардағы ҳәрекетлерди бирлестириў мақсетинде жасалма интеллект ҳәм креатив экономика тараўларындағы жойбарларды әмелге асырыў бойынша "жол картасы"н қабыл етиў усыныс етилди.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанда Түркий дүнья халықаралық көргизбесин өткериў басламасын алға қойды.
Алтыншыдан, "Жаўызлыққа қарсы - ағартыўшылық" принципи тийкарында илим ҳәм билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў.
2025-2026-жылларда мәмлекетимиз 100 ден аслам билимлендириў мәкемелерин бирлестирген Түркий университетлер аўқамына басшылық ететуғыны атап өтилди. Келеси ҳәпте Ташкентте аўқамның Бас ассамблеясы болып өтеди.
Өзбекстан басшылық дәўиринде "Түркий илим ҳәм инновациялар күнлери"н өткериў нийетинде.
Өзбекстан Президенти илим ҳәм билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиўди беккемлеў, қәбилетли илимпазлардың изертлеўлерин хошаметлеў мақсетинде мәмлекетимизде Түркий мәмлекетлер халықаралық университети өз жумысын баслап атырғанын мәлим етти. Мәмлекетимиз басшысы оның тийкарында Биргеликтеги изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў бағдарламасын ислеп шығыўды усыныс етти.
Жетиншиден, жаслар арасында жат ҳәм бузғыншы идеялардың тарқалыўының алдын алыў.
Усы мүнәсибет пенен Түркий мәмлекетлер мәканында экстремистлик ҳәм радикал идеологияға қарсы гүресиў бойынша Ҳәрекетлер режесин қабыл етиў усыныс етилди.
Өзбекстан, сондай-ақ, исломофобияның барлық көринислерине қарсы гүресиўге қаратылған тығыз сөйлесиўди даўам еттиреди.
Буннан тысқары, Шөлкем шеңберинде жаслар арасында экологиялық билимлер бойынша биргеликтеги илажларды ислеп шығыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Өзбекстан жетекшиси және бир әҳмийетли мәселеге итибар қаратты.
- Биз келеси жылы уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайының 585 жыллығы және уллы әзербайжан шайыры Низамий Ганжавий туўылған күниниң 885 жыллығын кеңнен белгилеймиз. Мине, усы уллы тулғалардың адамгершилик, өз-ара дослық ҳәм аўызбиршилик ҳаққындағы идеялары, бийбаҳа әдебий мийрасын кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде "Низамий Ганжавий ҳәм Әлийшер Наўайы дөретиўшилиги - Түркий дүнья руўхый турмысында" атамасында халықаралық илимий конференция өткериўди усыныс етемиз, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Мәжилисте сырт мәмлекетлер делегацияларының басшылары да шығып сөйледи.
Саммит жуўмағында Шөлкемге ағза мәмлекетлер арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге қаратылған биргеликтеги қарар ҳәм ҳүжжетлер топламы қабыл етилди.












