Ушырасыў алдынан Түркия парламентиниң баслығы мәмлекетимиз басшысына Президент Режеп Таййип Эрдоғанның сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан менен Түркия арасындағы дослық ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Еки тәреплеме бирге ислесиўде жоқары дәрежеге ерисилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара товар алмасыў ҳәм инвестиция көрсеткишлери өспекте, табыслы қоспа жойбар ҳәм кәрханалардың саны, тиккелей авиақатнаўлар көбеймекте. Еки мәмлекет ҳәм халықты жақынластырыўға қаратылған әҳмийетли мәдений илажлар өткерилмекте.
Парламентлераралық байланысларды буннан былай да раўажландырыўға, Өзбекстан-Түркия шериклигиниң жаңа күн тәртибин қәлиплестириўде, аймақлараралық бирге ислесиўди жеделлестириўде, сондай-ақ, жоқары дәрежедеги келисимлердиң орынланыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлеўде дослық топарларының қатнасыўына айрықша итибар қаратылды.