Өзбекстан Президенти Түркмен халқының миллий жетекшисин туўылған күни менен қутлықлады

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 29-июнь күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде Түркмен халқының миллий жетекшиси, Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовты туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал, туўысқан Түркменстанға тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.

    Мәмлекетимиз басшысы Гурбангули Бердимуҳамедовтың заманагөй Түркменстанды қурыў ҳәм избе-из раўажландырыў, мәмлекеттиң халықаралық абырайын арттырыў, Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўге қосқан жеке үлесин айрықша атап өтти.

    Түркмен халқының миллий жетекшиси Өзбекстан Президентине Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың сәлемин жеткерди.

    Кейинги жылларда, бәринен бурын, мәмлекетлеримиз жетекшилериниң турақлы ушырасыўлары себепли еки тәреплеме бирге ислесиўде мисли көрилмеген жоқары дәрежеге ерисилгени айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    Уйымлар арасында тығыз ҳәм нәтийжели байланыслар жолға қойылған, товар алмасыў ҳәм жүк тасыў көлеми артпақта. Әҳмийетли кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта, соның ишинде, "Шават - Ташаўыз" шегараалды саўда зонасының қурылысы жуўмақланбақта. Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўлар әмелге асырылмақта. Биргеликтеги Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң гезектеги мәжилислери, Аймақлараралық форумды өткериў режелестирилген.

    Регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплери, соның ишинде, усы жылы сентябрь айында Ташкент қаласында өткерилетуғын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриў мәселелери де көрип шығылды.



    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates