баннер
3 Mar 2025
03:10

    Өзбекстан Президенти Түркменстан менен көп қырлы шериклик күн тәртибин кеңейтиў әҳмийетли екенин атап өтти

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-январь күни гезектеги Өзбекстан-Түркменстан сиясий мәсләҳәтлесиўлери шеңберинде мәмлекетимизде болып турған Түркменстан Министрлер Кабинети баслығының орынбасары, сыртқы ислер министри Рашид Мередовты қабыллады.

    Сөйлесиў алдынан министр Рашид Мередов мәмлекетимиз басшысына Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов ҳәм Түркмен халқының миллий жетекшиси, мәмлекет Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтың қызғын сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

    Өзбекстан-Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

    Товар алмасыў көлеми жедел өсип атырғаны, 2024-жылы 1,1 миллиард доллардан артқаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. "Шават-Тошовуз" шегараалды саўда зонасы биргеликте қурылмақта. Санаат кооперациясы, энергетика, транспорт ҳәм логистика, аўыл хожалығы ҳәм суўдан пайдаланыў тараўларында тығыз ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў избе-из даўам еттирилмекте. Аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўлар кеңейип бармақта.

    Ташкент қаласында Гурбангули Бердимуҳамедовтың “Hakyda göwheri” ("Тафаккур гавҳари") атамасындағы жаңа китабының өзбек тилиндеги басылымының презентациясы өткерилгени ушын Түркменстан басшылығының атынан Өзбекстан жетекшисине терең миннетдаршылық билдирилди.

    Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы көп тәреплемели шерикликтиң жаңа кең көлемли күн тәртибин қәлиплестириў, болажақ жоқары дәрежедеги сапар етиўлер, регион мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы ҳәм "Орайлық Азия плюс" форматындағы саммитлерге таярлық көриўге айрықша итибар қаратылды.

    Сондай-ақ, халықаралық сиясат мәселелери бойынша да пикир алысылды.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech