Өзбекстан менен Кувейт арасындағы дослық ҳәм кең көлемли шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.
Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Мийрасхорға шын жүректен қабыллағаны ҳәм айрықша итибары ушын миннетдаршылық билдирди.
Күни кеше болып өткен жоқары дәрежедеги тарийхый сөйлесиўлер, ҳүкимет ағзалары ҳәм жетекши компаниялар менен нәтийжели ушырасыўлар көп қырлы Өзбекстан - Кувейт қатнасықларын кеңейтиў ушын беккем тийкар болатуғыны атап өтилди.
Жоқары дәрежедеги тығыз сөйлесиў ҳәм алмасыўларды даўам еттириўге келисип алынды. Инвестицияларды тартыў ушын платформаны тез пурсатта иске қосыў, агросанаат комплекси, транспорт ҳәм логистика, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, фармацевтика, инфраструктура ҳәм басқа да бағдарларда кооперация жойбарларын әмелге асырыўға келисип алынды.
"Орайлық Азия - Араб қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси" сөйлесиўи шеңбериндеги басламаларды өз-ара қоллап-қуўатлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Қабыл етилген барлық қарар ҳәм келисимлердиң орынланыўы үстинен биргеликте қадағалаў орнатыў мәселеси келисип алынды.