Өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм мәмлекетимизде перспективалы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетлик-жеке меншик шерикликте ири инфраструктуралық ҳәм санаат жойбарларын әмелге асырыў, соның ишинде, газ ҳәм электр тармақлары, суў тәмийнаты системасын модернизациялаў, энергия ислеп шығарыў ҳәм топлаў қуўатлықлары, жоқары тезликте ҳәрекетлениўге мөлшерленген темир жолларды қурыў, көшпес мүлк объектлери ҳәм бизнес инфраструктурасын қурыў тийкарғы бағдарлар сыпатында белгиленди.
Сөйлесиўлердиң жуўмағында перспективалы жойбарларды системалы алға қойыў бойынша "жол картасы"н қабыл етиўге келисип алынды.