Өзбекстан менен Япония арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, көп қырлы бирге ислесиў ҳәм әмелий шерикликти кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Арнаўлы кеңесгөй Акихиса Нагасима мәмлекетимиз басшысына Япония Бас министри Сигеру Исибаның сәлеми ҳәм жеке хатын жеткерди.
Япония Өзбекстанда нызам үстинлигине тийкарланған еркин ҳәм ашық халықаралық бирге ислесиўди тәмийинлеў ҳәм беккемлеўде өзиниң исенимли ҳәм узақ мүддетли стратегиялық шеригин көрип атырғаны атап өтилди.
Япония ҳүкимети экономикалық ҳәм инновациялық бирге ислесиў, энергетика, санаат, инфраструктура ҳәм социаллық тараўлардағы кооперация, жедел билимлендириў ҳәм мәдений алмасыўлар, туризм ҳәм мийнет миграциясы бағдарламалары, сондай-ақ, нәтийжели регионаллық бирге ислесиў сыяқлы кең көлемли бағдарларда еки тәреплеме қатнасықлар жедел раўажланып атырғанын жоқары баҳалайтуғыны айрықша атап өтилди.
2024-жылы мәмлекетлер арасындағы товар алмасыў көлеми 35 процентке артты. Японияның жетекши компания ҳәм банклери менен жойбарлар портфели 12 миллиард доллардан асламды қурамақта. Өзбекстанда 100 ге шамалас қоспа кәрхана ҳәм шөлкемлер, соның ишинде, Өзбекстан-Япония орайы табыслы жумыс алып бармақта.
Өзбекстан жетекшиси жоқары дәрежедеги жедел сөйлесиўлер ҳәм өз-ара сапар етиўлерди даўам еттириў әҳмийетли екенин атап өтти. Саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм финанслық-техникалық тараўлардағы, соның ишинде, Япония ҳүкиметиниң Раўажланыўға көмеклесиў бағдарламасы шеңбериндеги бирге ислесиўдиң күн тәртиби мазмунлы екени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өзбекстан Президенти Япония ҳүкиметине усы жылдың апрель айында Осака қаласында басланатуғын "Экспо" пүткил жер жүзилик көргизбесин табыслы өткериўди тиледи.
Болажақ "Орайлық Азия + Япония" форматындағы биринши саммитке таярлық шеңберинде регионаллық бирге ислесиў мәселелери бойынша пикир алысылды.