Өзбекстан Президенти Япония экономика, санаат ҳәм саўда министри менен ушырасты

    Сиясат 19 желтоқсан 2025 382

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-декабрь күни Токио қаласына рәсмий сапары шеңберинде Япония экономика, санаат ҳәм саўда министри Рёсэй Аказованы қабыллады.

    Өзбекстан менен Япония арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, саўда-инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм қоспа жойбарларды алға қойыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

    Мәмлекетимиз басшысы Япониядан Өзбекстан экономикасына тиккелей инвестициялар жедел өсип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Кейинги жылларда қоспа кәрханалардың саны 10 есеге көбейди, әмелге асырылып атырған жойбарлардың улыўма портфели 20 миллиард доллардан артты.

    Саўда ҳәм инвестициялық байланысларды беккемлеў, сондай-ақ, альтернатив энергетика, декарбонизация, әҳмийетли шийки зат ҳәм көплеген басқа да тараўларда санаат кооперациясын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

    Биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды алға қойыў ушын министрлер дәрежесинде Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияны дүзиў әҳмийетли екени атап өтилди.

    Япония сыртқы саўданы раўажландырыў шөлкеми (JETRO) ҳәм ҒМДА мәмлекетлери менен саўда ассоциациясы (ROTOBO) ның белсене қатнасыўында исбилерменлик байланысларын және де беккемлеў бойынша илажлар бағдарламасын ислеп шығыўға келисип алынды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates