"Ханэда" халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Япония ишки ислер ҳәм коммуникациялар министри Ёшимаса Хаяши ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.
Сапардың тийкарғы илажлары 19-20-декабрь күнлери болып өтеди. Өзбекстан Президенти Япония Императори Нарухито, Бас министр Санаэ Такаичи ҳәм басқа да рәсмий шахслар, исбилермен топарлар ҳәм академиялық жәмийетшилик ўәкиллери менен ушырасыўлар өткереди.
Өзбекстан жетекшиси "Орайлық Азия + Япония" сөйлесиўиниң биринши саммитинде де қатнасады.











