Өзбекстан Президенти ЮНЕСКОның жаңадан сайланған бас директорын қабыллады

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-ноябрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша шөлкеми (ЮНЕСКО) ниң бас директоры лаўазымына сайланған Холид Ал-Ананийди қабыллады.

    ЮНЕСКО Бас конференциясының Самарқанд қаласында болып өткен 43-сессиясының жуўмақлары ҳәм БМШтың бул абырайлы институты менен бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў перспективалары көрип шығылды.

    Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Холид Ал Анонийди жоқары лаўазымға сайланғаны менен қутлықлап, алдағы жумысларында табыслар тиледи.

    Өз гезегинде, сайланған бас директор Өзбекстан Президентине ЮНЕСКОның бас илажын қоллап-қуўатлағаны ҳәм жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын айрықша миннетдаршылық билдирди.

    Өзбекстан ҳәм ЮНЕСКО арасындағы кең көлемли бағдарларды қамтып алған системалы ҳәм нәтийжели бирге ислесиў қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Тәреплер бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириў, соның ишинде, Шөлкемниң мәмлекетимиздеги жойбарлаў жумысын кеңейтиў бағдарындағы умтылысы исенимли екени тастыйықланды.

    ЮНЕСКО Өзбекстан Республикасы Президенти Бас конференцияның ашылыў мәресиминде алға қойған стратегиялық басламаларды биргеликте әмелге асырыўға таяр екени атап өтилди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates