БМШ системасындағы бул жетекши қәнигелескен институт пенен көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланды.
Ушырасыў алдынан ЮНИСЕФ басшысы Өзбекстан жетекшисине БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриштиң қызғын сәлемин жеткерди.
Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелерине жоқары баҳа берилип, балалардың ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм имканиятларын кеңейтиў тараўындағы миллий бағдарлама қоллап-қуўатланды.
Өзбекстан ҳәм ЮНИСЕФ арасындағы бирге ислесиў кейинги жылларда жоқары дәрежеге шыққаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Шөлкемниң жәрдеминде мәмлекетимизде балаларды зорлықтан қорғаў бойынша нызам, халықты социаллық қорғаў ҳәм балалар онкологиясына қарсы гүресиў тараўында стратегиялық ҳүжжетлер қабыл етилди. Коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў ҳәм вакцинация системасын раўажландырыўға жәрдем берилди.
Нызамшылықты жетилистириў, балаларды тәрбиялаў ҳәм қоллап-қуўатлаўдың жаңа механизмлерин енгизиў, социаллық хызмет ҳәм кадрлар таярлаў системасын раўажландырыў, социаллық хызметлерден пайдаланыў имканиятын кеңейтиў ҳәм олардың сапасын жақсылаў, миллий стандартларды ислеп шығыў, социаллық қамсызландырыўды кеңейтиў, инклюзив билимлендириўди раўажландырыў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда биргеликтеги илажларды әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
2030-жылға шекем мөлшерленген жаңа Мәмлекетлик бағдарламаны қабыл етиў, сондай-ақ, балалардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм мәплерин алға қойыў мәселелери бойынша бир қатар халықаралық илажларды биргеликте өткериўге келисип алынды.









