баннер
31 Mar 2025
15:08

    Өзбекстан Президенти зыяратшыларымызға қолайлық жаратыўда Саудия Арабстаны менен тығыз бирге ислесиў әҳмийетли екенин атап өтти

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-февраль күни мәмлекетимизде сапар менен болып турған Саудия Арабстаны Патшалығы Ҳаж ҳәм Умра ислери министри Тавфиқ бин Фавзон ар-Рабиа басшылығындағы делегацияны қабыллады.

    Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Саудия Арабстаны Патшасы Салмон Ол Сауд ҳәм Мийрасхор, мәмлекет Бас министри Муҳаммад Ол Саудтың сәлеми ҳәм қызғын тилеклерин жеткерди. Министр, сондай-ақ, Патшаның көп миллетли Өзбекстан халқына саўғасы - муқаддес Каъаба жабыўы кисўасының бир бөлегин тапсырды.

    Өзбекстан жетекшиси, өз гезегинде, Саудия Арабстаны басшылығына бийбаҳа саўға және зыяратшыларымыздың мусылман дүньясының орайлары - Мекке ҳәм Мадинада болыўы ушын жаратылған имканиятлар ҳәм қолайлы шараятлар ушын терең миннетдаршылық билдирди. Тек ғана өткен жылдың өзинде 800 мыңнан аслам пуқараларымыз Умра зыяратын, 15 мыңы Ҳаж ибадатын орынлады.

    Сөйлесиў ўақтында өзбекстанлы зыяратшыларға шараятлар ҳәм көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын буннан былай да жақсылаў, олардың Саудия Арабстанына сапар етиўи қәўипсиз ҳәм қолайлы болыўын тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech