баннер
13 Mar 2025
14:12

    Өзбекстан Президентиниң Францияға мәмлекетлик сапары басланды

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макронның мирәт етиўине бола мәмлекетлик сапар менен Париж қаласына келди.

    Самолёт алдында Өзбекстан жетекшисин Франция миллий билимлендириў, жоқары билимлендириў ҳәм илимий изертлеўлер министри Элизабет Борн, Париж әскерий округиниң сәркардасы генерал Лоик Мизон ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

    "Орли" халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийман ҳүрметине еки мәмлекеттиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты.

    Мәмлекетимиз делегациясы жайласқан резиденция алдында Францияда оқып, жумыс ислеп ҳәм илимий излениўлер алып барып атырған бир топар ўатанласларымыз Президент Шавкат Мирзиёевти үлкен қуўаныш пенен күтип алды. Мәмлекетимиз басшысы олар менен қызғын сәўбетлести, оқыў ҳәм излениўлерине табыслар тиледи.

    Сапардың тийкарғы илажлары бүгин, 12-март күнине мөлшерленген.

    Бағдарламаға муўапық, Елисей сарайында жоқары дәрежедеги Өзбекстан-Франция сөйлесиўлери болып өтеди.

    Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы ЮНЕСКО бас директоры Одри Азуле менен ушырасыў және Францияның жетекши компания ҳәм банклериниң ўәкиллери менен дөгерек сәўбетин өткереди.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech