Бул ҳаққында 24-февраль күни Қырғызстан Министрлер Кабинети баслығының орынбасары Эдил Байсалов Женевада болып өткен БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң 58-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзинде мәлим етти, деп хабар береди 24.kg сайты.
Байсалов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде, сондай-ақ, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан арасындағы мәмлекетлик шегара сызығы үзил-кесил келисилгенин жәриялады ҳәм бул ўақыяны "дипломатия ҳәм сиясий ерк-ықрардың тарийхый жеңиси" деп атады.
Болажақ Хоженд саммити үш мәмлекет арасындағы регионаллық бирге ислесиўди беккемлеўде әҳмийетли қәдем болады. Жетекшилер қәўипсизликти тәмийинлеўге қаратылған бирге ислесиўдиң тийкарғы мәселелерин додалаўы күтилмекте.
Усы жылдың 21-февраль күни Қырғызстан ҳәм Тәжикстан қырғыз-тәжик шегарасын делимитациялаў бойынша жуўмақлаўшы протоколға қол қойды.
Сол ўақытта бир қатар ҳүжжетлер, соның ишинде, мәмлекет шегарасы ҳаққындағы шәртнама, энергетика объектлери ҳәм суў ресурслары бойынша ҳүкиметлер арасындағы келисим, кесилиспелердеги автомобиль жолларынан пайдаланыў ҳәм жаңа жоллар қурыў ҳаққындағы келисим таярланғаны мәлим етилген еди.
Ҳүжжетлер еки мәмлекет президентлери тәрепинен қол қойыў ушын таярланған.